avatar
Куч
0.10
Рейтинг
+0.04

Мақолалар

Bola tarbiyasida otaning roli.

"Фарзандлари соғлом юрт-қудратли бўлур"
Жамият

    Axloqimiz binosining go’zal va chiroyli bolishida tarbiyaning ta’siri kattadir. Sharqona tarbiya  ming yillar mobaynida islomiy axloq qoidalar asosida tarkib topib borgani tarixdan ma’lum. Tarbiya masalasida oila boshi bo’lmish otaning
roli kata. Ayniqsa oiladagi o’g’il bola tarbiyasida esa aloxida axamiyatga ega. Chunki oilaning ustini bolmish ota o’z  o’g’liga hayot tajribalari orqali tarbiya beradi va katta hayot saxnasida o’z rolini bajaradi.
    Ko’chada o’ynayotgan uch to’rt  yoshli bolakaydan katta bo’lsang kim bolasan degan savolga “dadam” bo’laman degan javobni olasiz. Bir qarashda  oddiy tuyilgan bu so’z zamirida ulkan ma’no yotadi. O’g’il   bola har doim otasiga o’xshashga harakat qiladi va otadan o’rnak oladi. Uning pisixologiyasi otaning hatti harakatiga qarabo’zgarip boradi.donishmandlardan biri luqmoni hakim ham bu borada o’z fikirlarini “Luqmoni Hakimdan o’g’liga 365 o’git”  asarida yozib qoldirgan.O’gitlarning birida shunday yozilgan “Ey aziz farzand! Unitmaki kibr va g’azab,takabbur va badjaxil kishilarning boshiga musibatlar keltiradi”.”O’g’ilginam do;stlaringni yomon so’zlar bilan ranjitib qo’yma.bolta odamning vujudini, achchiq so’z jonni yaralaydi”. Bu hikmatlardan shuni anglash mumkunki Luqmoni Hakim o’z hayot tajribalaridan biz farzandlariga ulkan tarbiyaviy meros qoldirgan.
Oiladagi o’g’il bola ertaga oila boshi,uning ustuni bo’lad. Otaning el-yurt oldida boshini baland,qaddini tik tutib yurishida ham farzandga bog’liq. Lekin oramizda bazi bir otalar ham birki ular o’z farzandlariga bee’tibor bo’lmoqda. Ertalabdan to kechgacha ishni baxona  qilib bolalar tarbiyasini yolg’iz onaga tashlab qo’ymoqda. Bu bilan bir qatorda oiladagi o’z o’rni va vazfasini yo’qotib qo’ymoqda.Bunday sharoitda tarbiya olgan bola ertaga qanday inson bo’ladi. Ichishga ruju qo’ygan otani ko’rgan bola ongida qanday o’y-fikr paydo bo’ladi va bunday otadan qanday o’rnak oladi.
Bir o’n ikki yasharlar chamasidagi bola dokonga kirib dokon hodimidan sigareta so’radi.do’konchi qiziqib so’radi “Sigaretani nima qilmoqchisa”  Bola dokonchiga qarab “Bugun dadamlarning tug’ilgan kunlari ularga sovg’a qilmoqchiman. Dadamga bu yoqadi”. Bu murg’ak qalb egasi dadasini xursant qilmoqchi,lekin oq va qorani ajratib bilmaydigan bolakay sigaretani yaxshi yomonligini qaydan bilsin.To’g’ri jamiyatimizda hamma bir xil emas.  O’z  farzandini yoshligidan o’qish o’rganish maqsadida yoshligidan turli fan to'garaklari va sport muassasalariga berishmoqda. Jamiyatimiz  kelajaki yoshlar qo’lida.  
 
Қарақалпақ халық нақыл- мақалларының қызларды шаңарақ турмысына тәрбиялаўдағы әҳмийети.

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

Баслаўыш тәлим методикасы кафедрасының  оқытыўшысы – Ж.Абдижаббарова
    Баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық ис қәнигелигиниң  1 курс талабасы – Н Ваисова                                                                                              
  
       Ертеде қарақалпақ халқы биреўден қыз алыўда ҳәм  қыз бериўде  жети пуштын   сорастырған. Шаңарақтың  тарийхы қанша  узаққа  барып тақалса, ол шаңарақ  беккем  деп есапланған.Соның ушын Әжинияз  бабамыз :
Υйленсең  үйленгил  сорап ҳәм затын,
Исмин, нәслин  жети пушты аждадын, — деген еди.
Демек  буның тийкары тәрбияға  барып тақалады. Бул оның өмирлик әҳмийетин көрсетеди. [Ж.Базарбаев. Миллий идея-жол көрсетиўши жулдыз.Н.Қарақалпақстан .2011ж. 131-бет.]
Шаңарақта қыз балалардың тәрбиясына әдептен ата-бабаларымыз үлкен итибар берген. Қыз балалар тәрбиясында үрп-әдетлер, дәстүрлер, дәстанлар, ертеклерден, қала берди нақыл-мақаллардан кең түрде пайдаланып келген .
Халкымыз қыз балалар   тәрбиясын тек бир ата-ананың хызмети емес, ал   пүткил жәмәәт, ел халықтың, миллеттиң   ўазыйпасы деп түсинеди.
         Ата-ана қызларды шаңарақ турмысына тәрбиялаўда турмыстан алынған, тәрбиялық әхмийетке ийе нақыл- мақаллардан кең түрде  пайдаланған. Мысалы   
«Қыз өссе елдиң көрки», «Жақсы ҳаял жигиттиң бахты», «Ер ҳаял бир жан, бир тән», «Ерди ер ететуғында қатын, ерди қара  жер ететуғында қатын», «Жақсы қатын арпаның унынан пал етеди, жаман қатын бийдайдың унын қарап етеди»,
 « Қыз бала жети үйден тыйыў, бир үйден жыйыў көреди» деген    нақылында   қыз баланы тәрбиялаўда, қала берди   ертеңги шаңарақтың уйтқысы  болыўында қыздың орны гиреули екенин  , хожалық болыўдың бир қанша машақатлы болатуғынын, буның ушын  сабырлы болыў кереклигин уқтырыўға ҳәрекет етеди.
        Халқымыз бала жанлы халық. Соның ушын халқымыз, кыз бала кисиники деп, перзентине бахыт тилеп ертеңги  шаңараққа келин болып түскенде ,қыйналып қалмасын деп, тәлим-тәрбияны  бесиктен яғный «ҳәйиў» ден баслап  үлкен үмит пенен қатарға қосыўға ҳәрекет еткен.
   «Қыз қылығы, дүзде» деп айрым қызлардың әкениң, шешениң нәзеринен шетте, ҳәр қыйлы унамсыз  ис-ҳәрекетлери, қылық- қылўалары менен көзге түскен қызлар ушын айтылған  болса ,  «Қыз үйдиң көрки »деп   ата-анасына ҳәмме ўақыт алғыслар инам ететуғын  ийбели, пәмли, мийнеткеш, ақыллы қызлар ушын айтылған нақыл- мақаллардың бири болып есапланады.Буннан тысқары халқымыз мақтанып айтатуғын « Қыз өссе, ел жасарады»,  «Ана жериң алтын босағаң», деп қыз баланың тәбиятын ел ,қала берди, ана жер  менен теңеген.
      Қаракалпақ халық педагогикасында нақыл-мақаллар, қыз балалардың күнделикли турмысында ушырасатуғын ҳәдийселер, өтип атырған өмириниң мазмунлы болыўында, қыйын жағдайлардан жол таба алыў ушын, жәмийеттеги адамлар, ағайын туўысқанлар менен қарым-қатнас жасаўда, жақсы менен жаманның парқын ажырата билиўде, инсанның руўхый кейпиятын көтериўде, дүньяға көз-қарасының раўажланыўында, өзиниң ис-ҳәрекетлерин басқарып, тәртипке салып турыўында үлкен әҳмийетке ийе.   
 Қыз бала келешекте өзлериниңде келин, ана болып, бала тәрбиялайтуғынын, киндик ханы тамған жерин, алтын босағасын мәжбүрий таслап кететуғынын жақсы биледи. Сонлықтан ата-бабаларымыз қызларды кишкенелигинен шаңарақ турмысына таярлаған.
Қарақалпақ халык педагогикасында ата-бабаларымыздан бизиң дәўиримизге  шекем мийрас болып жеткен, алтын ғәзийнелеримиздиң  бири болған  нақыл мақаллардың ҳәзирги жас қызларымызды ертеңги шаңарақ турмысына тәрбиялаўда  улкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан да  бундай мийраслардан орынлы пайдаланғанымыз мақул .

Қарақалпақ халық нақыл- мақалларының қызларды шаңарақ турмысына тәрбиялаўдағы әҳмийети.

Milliy urf-odatlar va an'analar